Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Лекция_matni(MAG_ST).doc
Скачиваний:
3
Добавлен:
10.01.2024
Размер:
1.11 Mб
Скачать

ӨЗБЕКСТАН БАЙЛАНЫС ҲӘМ ИНФОРМАЦИЯЛАСТЫРЫЎ АГЕНТЛИГИ

ТАШКЕНТ ИНФОРМАЦИЯЛЫҚ ТЕХНОЛОГИЯЛАРЫ УНИВЕРСИТЕТИ

ИНФОРМАЦИЯЛЫҚ ТЕХНОЛОГИЯЛАР ФАКУЛЬТЕТИ

МАҒЛЫЎМАТЛАР СТРУКТУРАСЫ ҲӘМ АЛГОРИТМЛЕР

пәнинен

ЛЕКЦИЯ ТЕКСТЛЕРИ

НӨКИС - 2011

Муаллифлар: АТДТ кафедраси доценти, т.ф.н. Акбаралиев Б.Б.

АТДТ кафедраси доценти, т.ф.н. Худойбердиев М.Х.

1-Лекция. “Мағлыўматлар структурасы ҳәм алгоритмлерипәнине кирисиў

(2 Саат)

Реже:

1. Тийкарғы түсиниклер ҳәм тәрийплер

2. Мағлыўматларды сүўретлеў басқышлары

3. Мағлыўматлар структурасын классификациялаў

Мағлыўматлар структурасы(МС) – информациялық объекттиң улыўма қәсийети болып, усы қәсийет пенен қандайда бир программа өз-ара байланыслы болады. Усы улыўма қәсийет төмендегилер арқалы көрсетиледи:

  1. усы структураның мүмкин (қабыл етиўи мүмкин) болған мәнислер топламы;

  2. мүмкин болған әмеллер (операциялар) жыйындысы;

  3. шөлкемлестирилгенлик классификациясы.

Әпиўайы мағлыўматлар структурасын базыда мағлыўматлар түрлери деп те атайды.

Әдетте, мағлыўматларды классификациялаў төмендеги көринистеги басқышларға ажыратылады:

  1. абстракт (математикалық) басқыш;

  2. логикалық басқыш;

  3. физикалық басқыш.

Қәлеген объект, ҳәдийсе яки қандайда бир процесс изертленгенде оның модели қурып алынады. Модел түрлише болыўы мүмкин, мәселен, математикалық модел, физикалық модел ҳәм басқа моделлер. Объект, ҳәдийсе яки қандайда бир процесстиң математикалық модели қурылды дегени сол қаралып атырған системаның белгили бир математикалық нызамлықлары арқалы, яғный математикалық формулалар арқалы аңлатылыўы.

Логикалық басқышта мағлыўматлар структурасының қандайда бир программаластырыў тилинде аңлатылыўы түсиниледи.

Физикалық басқышта болса информациялық объектти логикалық классификациялаўға сәйкес түрде ЭЕМ ядында сәўлелендириў түсиниледи. ЭЕМ яды шекли болғанлығы себепли, ядты бөлистириў ҳәм оны басқарыў машқаласы жүзеге келеди.

Жоқарыдан көринип турыпты, логикалық басқыш пенен физикалық басқышлар бир биринен парқ қылады. Сол себепли, есаплаў системаларында логикалық басқышты физикалық басқышқа ҳәм керисинше, физикалық басқышты логикалық басқышқа алмастырыў машқаласы жүзеге келеди.

Бул жерде ЛМС – логикалық мағлыўматлар структурасы; ФМС – физикалық мағлыўматлар структурасы;

Абстракт басқышта қәлеген структураны <D,R> жуплық көринисинде аңлатыў мүмкин, бул жерде D – элементлердиң шекли топламы болып, олар яғный элементлер мағлыўматлар түрлери яки мағлыўматлар структурасы болыўы мүмкин, R – болса мүнәсебетлер топламы болып, усы мүнәсебетлер қәсийетлери абстракт басқышта мағлыўматлар структураларының түрлерин анықлайды.

Мағлыўматлар структурасының тийкарғы көринислери (түрлери):

  1. Топлам – мүнәсебет топламы бос R= болған элементлер жыйындысы.

  2. Избе-излик – сондай абстракт структура, бунда R топлам тек ғана бир сызықлы мүнәсебеттен ибарат (яғный, биринши ҳәм ақырғы элементтен тысқары ҳәр бир элемент ушын өзинен алдын ҳәм кейин келетуғын элемент бар.

  3. Матрица – сондай структура, бунда R мүнәсебетлер топламы еки сызықлы мүнәсебеттен ибарат болады.

  4. Терек – бунда R топлам иерархик тәртиптеги бир мүнәсебеттен шөлкемлескен болады.

  5. Граф – бунда R мүнәсебетлер топламы тек ғана бир бинар тәртипли мүнәсебеттен шөлкемлескен болады.

  6. Гиперграф – бул сондай мағлыўматлар структурасы, бунда R топлам еки яки оннан артық түрли тәртиптеги мүнәсебетлерден шөлкемлескен болады.

Соседние файлы в предмете [НЕСОРТИРОВАННОЕ]