Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Лекция МБ(кк).doc
Скачиваний:
0
Добавлен:
10.01.2024
Размер:
320 Кб
Скачать

ӨЗБЕКСТАН БАЙЛАНЫС ҲӘМ ИНФОРМАЦИЯЛАСТЫРЫЎ АГЕНТЛИГИ

Ташкент информациялық технологиялар университети нөкис филиалы

Информатика ҳәм информациялық технологиялар кафедрасы

Бакалавиатураның «5521900 - Информатика ҳәм информациялық технологиялар» ҳәм «5140900-Кәсиплик тәлим (информатика ҳәм информациялық технологиялар)» бакалавр бағдары бойынша

2 курс студентлери ушын

Мағлыўматлар банки ҳәм базасы

пәни бойынша

ЛЕКЦИЯЛАР ТЕКСТИ

НУКУС- 2010

КИРИСИЎ

Информациялық технологиялардың раўажланыўы ҳәм информация ағымларының жүдә артып барыўы, мағлыўматлардың тез өзгериўи инсанларды бул мағлыўматларды қайта ислеў иләжларын излеп табыўға мәжбүрлейди. Мағлыўматларды сақлаў, узатыў ҳәм қайта ислеў ушын мағлыўматлар базасы (МБ)ны жаратыў, соңынан пайдаланыў бүгинги күнде үлкен машқала болып қалмақта.

Информацияны сақлаў компьютердиң ең әҳмийетли функцияларының бири. Усындай сақлаўдың ең көп таралған қуралларының бири мағлыўматлар базасы болады. Мағлыўматлар базасы бул айрықша форматтағы, берилген түрдеги структураласқан информациядан турыўшы файл.

Ҳәзирги күнде адамлар турмысында МБ да керекли информацияларды сақлаў ҳәм оннан дурыс пайдаланыў әҳмийетли роль ойнайды. Себеби, жәмийет раўажланыўын қайсы тараўына нәзер салайық өзимизге керекли мағлыўматларды алыў ушын МБ ны пайдаланыўға мәюбүр боламыз. Демек, МБ ны дүзиў информацияны алмастырыў технологиясының ең тезирек шешилетуғын машқалалардың бирине айналып баратырғанның өзи дәўир талабы.

МБ түсиниги пайда болмастан алдын, мағлыўматлардан түрли көринисте пайдаланыў жүдә қыйын еди. Программа дүзиўшилер мағлыўматларды сондай пайдаланар еди, олар еди тек қаралып атырған мәселе ушын ғана орынлы еди. Ҳәр бир жаңа мәселени шешиўде мағлыўматлар қайтадан дүзилер еди ҳәм бул жағдай жаратылған программалардан пайдаланыўды қыйынлатар еди.

МБ ны жаратыўда еки керекли шәртти есапқа алыўымыз керек:

-мағлыўматлардың түри ҳәм көриниси оларды қоллайтуғын программаларға байланыслы болмаўы керек, яғный МБ ға жаңа мағлыўматларды кириткенде ямаса мағлыўматлар түрин өзгертиргенде, программаларды өзгертириў талап етилмеслиги керек;

-МБ дағы керекли мағлыўматты билиў ямаса излеў ушын басқа программа дүзиў керек емес.

§ 2. Мағлыўматлар базасының моделлери

Мағлыўиатлар базасының структурасы мағлыўматлар базасының көпшилиги таблицалы структураға ийе. Таблицалы структурада мағлыўматлар адреси қатар ҳәм бағаналардың кесилисиўи бойынша анықланады. Мағлыўматлар базасында бағаналардың майданша деп, ал қатарларды жазбалар деп атаймыз. Майданша мағлыўматлар базасының структурасын дүзеди, ал жазбалар онда туратуғын информацияны қурайды.

Қәлеген майданшаның тийкарғы қәсийети оның узынлығы болады. Майданшаның узынлығы символда ямаса белгиде аңлатылады. Майданшаның узынлығынан оған қанша информация жайласыўын билиў мүмкин. Бизлер билемиз символлар бир ямаса еки байт пенен кодланады, сонлықтан майданша узынлығы байтларда өлшенеди деп шәртли айтылады. Қәлеген майданшаның және бир қәсийети оның аты болып табылады. Мағлыўматлар базасында бир ат пенен еки майданша ьолыўы мүмкин емес. Ондай жағдайда компьютер мағаналарды алжастырады. Мағлыўматлар базасында майданшадан басқа «тамға» қәсиети бар. Тамға бул сондай информация, ол бағана басламасында сәўлеленеди. Оны майданша аты менен алжастырмаў керек. Егер тамға берилмесе онда басламады майданша аты сәўлеленеди. Ҳәр қыйлы майданшаларда бирдей тамғаларды бериўге болады. Бул компьютер жумысына иркиниш бермейди. Ҳәр қыйлы майданшалар түри қәр қыйлы атқарыўға ҳәм қәр қыйлы қәсийетлерге ийе.

1. Текстли майданшаның тийкарғы қәсийети - өлшеми.

2. Санлы майданша санлы мағлыўматларды киритиўге хызмет етеди, ол да өлшемге ийе, бирақ санлы майданша қәр қыйлы болады. Мысалы: Пүтин санларды ҳәпм ҳақыйқый санларды киритиў. Ақырғы жағдайда майданша өлшеминен басқа санның онлық бөлегиндеги өлшеми бериледи.

3. Майданшада күн ямаса ўақытты киритиў ушын майданша түри күн/ўақыт (дата/время) қолланылады. Логикалық мағлыўматларды киритиў ушын тек еки мәнис алынады (аўа ямаса жоқ, 0 ямаса 1, рас ямаса өтирик). Бул майданша ушын арнаўлы түр - логикалық майдан хызмет қылады. Бул майданшаның узынлығын анықлаў қыйын емес. Оның логикалық мәнисин аңлатыўға 1 байт кетеди.

4. Майданшаның айрықша түри - Пуллы (Денежный) түри болады. Бунда қандай мағлыўматлар сақланатуғынлығы атынан ақ белгили. Пуллардың қосындысын санлы майданшада сақлаймыз, бирақ пуллы форматта ислеў бир қанша қолайлы. Бул жағдайда компьютер пул бирликлери менен биргеликте рубль ҳәм тийин, фунт ҳәм пенс, доллар ҳәм центлерди айырып сүўретлейди.

5. Заманагөй мағлыўматлар базасында тек ғана санлар ҳәм ҳәриплерди сақлап қоймастан сүўретлерди, музыкалық клиплерди ҳәм видео жазыўларды да сақлай алады. Бул объектлер майданшасы OLE объект майданы деп аталады.

6. Текстли майданшаның кемшилиги оның өлшеминиң шегараланғанлығын да (256 символдан артық емес). Егер майданшаға узын текстти киритсек ол ушын MEMO майданшалар түри хызмет етеди. Онда 65535 символ сақланыўы мүмкин.

7. Есаплаўшы (счетчик) майданшасы жүдә әҳмийетли. Биринши қарағанда бул әпиўайы санлы майданша, бирақ ол автомат түрде өсиў қәсийетине ийе. Егер базада сондай майданша бар болса, онда жаңа жазыўды киритиўде оған автомат рәўиште санлар киритиледи. Демек алдыңғы майданшадағы мәниске бирлик қосылады. Бул майданша жазыўларды номерлеў ушын қолайлы.

Күнделикли турмыста жүдә қурамалы дүзилиске ийе болған МБ менен жумыс ислеўге туўры келеди. Берилген информацияның мазмуны ҳәм ондағы мағлыўматларға қарағанда олар түрли көринислерде аңлатылыўы мүмкин.

МББС да ҳәр бир МБ модели төмендеги қәсийетлери бойынша анықланады:

1. Мағлыўматлар дүзилмелериниң түри.

2. Мағлыўматлар үстинде орынланатуғын әмеллер.

3. Пүтинликтиң шекленгенлиги.

Бул қәсийетлерди итибарға алған жағдайда МБ сы моделлери төмендеги түрлере бөлинеди:

  • Реляциялық моделлер.

  • Иерархиялық моделлер.

  • Тармақлы моделлер.

МБ сы моделлериниң тек жоқарыдағы моделлери бар деў дурыс болмайды. Себеби булардан басқа, және МБ сының бинарлық қатнаслар модели, ER-моделлери, семантикалық моделлери бар. Бирақ әмелде дәслепки үш түрдеги моделлери көбирек қолланып келинбекте. Соның ушын төменде биз усы моделлерге тоқтаймыз.

Соседние файлы в предмете [НЕСОРТИРОВАННОЕ]